Нағыз дийқан ўақыт мәўсимге қарамай мийнет ете береди

Нағыз дийқан ўақыт мәўсимге қарамай мийнет ете береди

27.11.2023 08:51:54 141 Баспаға шығарыў

Ата-бабаларымыз көп нәрсени әрман етип, ойлаған ойларына жетисиӯди нийет етип өткен. Мине бүгинги халкымыз тәрепинен көп нәрселер ойлап табылып, ис жүзинде әмелге асып атыр.

Районымыздағы «Гүжимли» мәкән пуқаралар жыйыны турғыны Сарсенбай Хожамуратов үй алдына ыссыхана қурып, өним жетистириӯ ушын, мәмлекетимиз тәрепинен 33 миллион жеңиллетилген кредит алды.
2022-жылы биринши мәрте қыяр, помидор егип, бирақ, суӯыққа шыдамаслығы нәтийжесинде өнимлери кеӯилдегидей болмаған соң Сарсенбай аға кайтадан усы жылы палыз өнимлеринен, редиска,пияз ҳәм укроп туқымларын сеӯип, мол өним алыӯға еристи ҳәм базарға шығарып қосымша дәрамат табыӯдың жолларын ашты.
– Усы атыз жумысларына, соның ишинде ыссыхана қурып, өним жетистириӯге өзимде кызығыӯшылық бар еди. Мине, бүгинги күни өзим ойлаған нийетлериме жетип, қәлеген затымды егип көрип атырман.

Соның ишинде жүзим, шиповник нәли, роза гүли ҳәм заборға жағалатып егилетуғын гүллерди де егип, көрип атырман. Ыссыхана ишине жыллылық жетерли дәрежеде, газ басымы жақсы,-дейди- биз бенен сәӯбетте Сарсенбай аға.

Пайдалы ресурслар
Skip to content