Шешиўши қарар хәм оның үстинен апелляциялық тәртибинде арза , протест келмеген болса, шешиўши қарар қабыл қылынған күннен бир айлық мүддет өткеннен кейин күшине киреди. Апелляциялық арза берилген тағдирде шешиўши қарар, егер ол бийкар қылынбаған болса апелляция инстанция суды қарары қабыл қылынған күннен нызамлы күшине киреди. шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң, Экономикалық процессуал кодекстиң 5 бөлимине тийкар орынлаўға қаратылады, яғний суд тәрепинен берилген, өндириўшиниң суд хүжжетин мәжбүрий тәртипте орынлаў хуқықын тастыйқлаўшы хүжжет орынлаў хат есапланады. Суд хүжжети бойынша бир орынлаў хат бериледи. Егер суд хүжжетин орынлаў хәр түрли жерлерде ямаса бир неше өндириўши пайдасына әмелге асырыў керек болса, суд өндириўшиниң илтимасына көре орынлаў жери ямаса суд хүжжетиниң усы орынлаў хат бойынша орынлаў ушын лазым болған бөлимин көрсеткен халда бир наше орынлаў хат бериледи. Пул суммаларын өндириў хаққындағы суд хүжжети тийкарында жуўапкерлердиң саны бойынша бир неше орынлаў хат бериледи. Бунда егер солидар жуўапкерден өндириў нәзерде тутылып атырған болса хәр бир орынлаў хат өндириўшиниң улыўма сумма көрсетилиўи хәм солидар жуўапкер екенлиги көрсетилген халда жуўапкердиң хәммеси санап өтилиўи керек. Орынлаў хат суд хүжжетин қабыл қылған суд тәрепинен бериледи. Суд хүжжети нызамлы күшине киргеннен соң бес күн ишинде орынлаў хат өндириўшиге бериледи яки оның илтимаснамасына көре мәмлекет орынлаўшысына орынлаў ушын жибериледи.Бюджет пулларын өндириў ушын орынлаў хат қарыздар турған жердеги мәмлекет орынлаўшысына суд хүжжети нызамлы күшине киргеннен соң бес күн ишинде жибериледи. Орынлаў хат электрон хүжжет сыпатында жиберилиўи мүмкин. Орынлаў хаттын мазмуны орынлаў хүжжетин берген судтың аты, орынлаў хат берилген ис хәм оның саны, орынланыўы лазым болған суд хүжжетиниң сәнеси, өндириўши қарыздардың аты, олардың жайласқан жери почта мәнзили, қарыздар физикалық шахстың жеке идинтефикацион саны, Өзбекстан Республикасы пуқарасы болмаған физикалық шахслардың шахсын тастыйқлаўшы басқа хүжжетлериниң реквизитлери, сондай-ақ қарыздар юридик шахстың салық төлеўши идинтефикацион саны, суд хүжжетиниң жуўмақлаўшы бөлими, орынлаў хаттың орынлаў тәртиби усылы егер бул хаққында суд хүжжетинде көрсетилген болса, суд хүжжети күшине кирген сәне, орынлаў хүжжети берилген сәне хәм орынлаўға қаратыў мүддети көрсетиледи. Орынлаў хат судья тәрепинен қол қойылады хәм герибли мөр менен тастыйқланады.
Орынлаў хат суд хүжжети нызамлы күшине кирген күннен итибар яки суд хүжжетиниң орынлаўы кешиктирилген яки бөлип –бөлип орынлаў орынланған тағдирде мүддет тамамланған күннен итибар үш күн ишинде орынлаўға қаратыў мүмкин. Егер суд хүжжетиниң орынланыўы тоқтап қойылған болса оның орынланыўы тоқтап қойылған уақыт орынлаў хатты орынлаўға усыныў ушын белгиленген мүддетке қосып есапланбайды.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды судьясы: Н.Балтабаева