Социаллық тармақларда Шымбай районы «Көнши» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан автотранспорт қуралларын жǝрийма майданшысында ўақтынша иркиӯ ҳәм де жәрийма төлеӯ бойынша мүрәжат жәрияланған еди.
Бул бойынша Шымбай районы ҳәкимлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди. Үйрениӯ даӯамында мүрәжатта көрсетилген мүрәжат ийеси А.А. автотранспорт қуралы менен Өзбекстан Республикасы «Жол ҳәрекети қәӯипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамының 9-бәнти ҳәм де Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 291-статьясы талапларын бузғанлығы ушын иркиӯге алынғанлығы анықланды.
Бул автотранспорт ийеси сол күнги жәрийма майданшасы ушын төлемди «Пайнет» шақапшасы арқалы төлегенлиги ҳаққындағы касса «чек»и берилген болса да, қосымша касса «чек»ин талап еткен. Сондай-ақ, бул пуқараға Шымбай районы Жол ҳәрекети қәӯипсизлиги бөлимшеси ҳәкимшилик әмелият бөлими тәрепинен тийисли рухсатнамасы берилмегенлигине қарамай жәрийма майданшасынан рухсатсыз автотранспорт қуралын алып шығып кеткен.
Бул пуқара менен бул мәселе бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети