Шымбай районы Мәлимлеме китапхана орайында «ИНФОЛИБ-2020» миллий мәлимлеме китапхана ҳәптелиги мүнәсибети менен илаж болып өтти. Илажда тийисли тараў ўәкиллери, китапхана хызметкерлери, сондай-ақ, китапқумар нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты. Хәптеликти шөлкелестириўден тийкарғы мақсет-мәлимлеме китапхана пайдаланыўшыларына жоқары дәрежеде хызмет көрсетиў ҳәмде халық, әсиресе, жаслар арасында китап оқыўға болған қызығыўшылықты және де асырыўдан ибарат болып табылады.
Илаж даўамында китаптың инсан өмиринде тутқан орны ҳәм әҳмийетин есапқа алған ҳалда халқымыз арасында китапханлық мәдениятын және де асырыў лазымлығы, бул орында усындай китапханлык ҳәптеликлериниң айрықша әҳмийетке ийе екенлиги айтып өтилди.
Илаж соңында халқымыз, әсиресе, жаслар арасында китапханлық мәдениятын асырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге каратылған үгит-нәсият илажларында белсендилик көрсетип киятырғанлығы ушын районлық Мәлимлеме китапхана орайы тәрепинен бир қанша тараў ўәкиллерине ҳәмде китапқумарларға миннетдаршылық билдирилип өтилди.