Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Халыктың бәнтлигин тәмийнлеỹ барысында оларды қоллап – қуỹатлаỹ, киши бизнес, жеке исбилерменликти раўажландырыўда ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыӯда кеңнен имканиятлар жаратып берилмекте.
Шымбай районы Прокуратурасы Мәжбурий орынлаỹ бюросы, районлық Камбағаллықты қысқартыỹ ҳәм бантликке көмеклесиỹ бөлими менен биргеликте 2023-жыл 26-октябрь күни 8-санлы Музыка мектеби имаратында алимент төлеӯшилер ҳәмде жумыссыз болған пуқараларымыз қатнасыỹында гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилип өткерилди.
Бүгинги ярмаркаға район аймағындағы жумыссыз болған пуқараларымыздан жәми 76 дан аслам пуқаралар қатнасты.
Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасына район аймағындағы 70 мекеме, кәрханалар ҳәм исбилерменлик субектлерден жәми 110 бос жумыс орынлары қойылып, Ярмарка нәтийжеси менен 36 пуқара турақлы жумыс орынларына тийисли жолламалар берилип бәнтлиги тәмийинленди.