Өзбекстан мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зиялылар, ҳаял-қызлар ҳәм де жаслар ӯәкиллериниң халқымызға МҮРӘЖАТЫ

Өзбекстан мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зиялылар, ҳаял-қызлар ҳәм де жаслар ӯәкиллериниң халқымызға МҮРӘЖАТЫ

18.10.2023 12:46:40 220 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли ҳәм қәдирли ӯатанласлар!

Инсан өмири ушын не зәрүрли болса, мине  усы топырақтан натуӯры пайдаланыӯ, экологиялық жақтан зыянлы технологияларды қолланыӯ ақыбетинде, планетамызда ықлым өзгериӯи гүзетилмекте.

Әзийз ӯатанласлар!

Соңғы жылларда мәмлекетмиз бойлап, экологиялық жағдайды және де жақсылаӯ мақсетинде “Жасыл мәкан” улыӯма миллий жойбары әмелге асырылып келинбекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң БМШ минберинде инсаният өмирине қәўип салып атырған үш кризис – климат өзгериўи, биологиялық көп түрлиликтиӊ жоғалыўы ҳәм қоршаған орталықтыӊ патасланыўын сапластырыўға байланыслы әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың 11-октябрь күни өткерилген  видеоселектор жыйналысында усы мәселе бойынша бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирип, бир қанша ӯазыйпаларды белгилеп берген еди. Усы ӯазыйпалардан келип шығып, усы жылдың 25-октябринен 1-декабрине шекем елимизде «Гүзги терек егиӯ мәӯсими» деп жәрияланды.

Әзийз ӯатанласлар!

Ҳәр дайым, ана тәбият пенен бир болып, әтирап-аймақтың тазалығын сақлаӯға умтылып киятырған көп миллетли халқымыз атынан бизлер Ҳүрметли Президентимиздиң усы айтқан сөзлеринен руӯҳланып, барлық районымыз турғынларын «Жаңа Өзбекстан – жасыл мәканда бирге жасайық!» уллы идеаларын қоллап-қуӯатлаӯға шақырамыз.

“Халқымызда жақсыдан бағ қалады” деген мәнили сөз бар. Сонлықтан ҳәр бир мәҳәллелерде ҳәм көшелерде бос турған терек егилмеген жерлерди жасыл бағларға айландырыӯда, аймақтың абаданлығы ҳәм халықтың пәраӯанлығына хызмет ететуғын «мәҳәлле бағларын» жаратыӯымыз, жасыл мәканды көбейтиӯ үлги сыпатында дәслеп өз шаңарағымызда ҳәм көшелеримизди абат етиӯимиз, сондай-ақ усы айтылған жасыл мәкан улыӯма миллий идеясына өз үлесимизди қосыӯымыз зәрүр.

Ҳүрметли нураныйлар!

Сизлердиң өмирлик тәжрийбеңизден келип шығып, дуўа, пәтияларыңыз ҳәм тилеклериңиз ҳалқымыз ушын ҳәмме ўақытта да жүдә  үлкен таяныш ҳәм сүйениш болып келмекте. Районымыздағы
9520 нураныйларымыз мәҳәллелерде «Жасыл мәкан» улыума миллий  жойбарды әмелге асырыўда, ҳалық тәрепинен терек нәллелерди үлгили егиўди шөлкемлестириўде және де жетилистириўди ҳәм искерлигиңизди күтип қаламыз.

Сизлердиң жеке үлгиңиз, үгит-нәсият, усыныс ҳәм  көрсетпелериңиз ҳәммемиз ушын әҳмийетли есапланады. Нураныйларымыздың ҳәр бири
1 түптен нәллерди ексе, улыӯма 9520 дана жаңа терек пайда болады деген сөз. Ямаса ҳәр бир нураный өзиниң үй қапталына 10 түп нәлден ексе  бул көрсеткиш 10 есе көбейеди.

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, тамарқа жер ийелери жерге меҳир берип, нәл жаратыӯда, ҳәр бир қарысынан өнимли пайдаланыӯда сизлердиң тәжирийбеңиз үлкен әҳмийетке ийе болып, бул бағдарда халқымыз тәрепинен нәллерди отырғызыӯ ҳәм шөлкемлестириӯде белсендилик көрсетиӯге шақырып қаламыз!

Бул саӯаплы ислерди даӯам етиӯ ушын ҳәр бир шаңарақ ийеси өз тамарқасында 10 түптен нәл ексе, елимиз бойлап, орташа 55 миллион терек пайда болады. Соның менен бирге «Бир дана бир өним» дегениндей, ҳәр бир қарыс жеримиз жасыл бағқа айланады.

Ҳүрметли аналар, әзиз апа-қарындаслар!

Шаӊарағымыз, мәҳәллемиздиӊ қут-берекети Сизлер менен гөззал!

Тәбият та ана сыяқлы муқаддес! Ана ҳәм тәбият түсиниклери бир-бирине сәйкес. Ананы қандай қәстерлесек, тәбиятты да сондай қәдирлеўди перзентлеримиздиӊ санасына тереӊ сиӊдирейик!

Әўладларымыз тап ата-бабаларымыз сыяқлы бағлар жаратыўшы, ана тәбият қорғаўшысы болсын! Сонда ғана тәбиятты негизги ҳалында сақлап, оны келешек әўладқа зыянсыз жеткериўге ерисемиз.

Ҳәзирги ўақытта, “Аналар – жасыл мәкан ушын” идеясыныӊ дәстүрге айланып баратырғаны, мәҳәллелерде “Аналар бағы” шөлкемлестирилип атырғаны қуўанышлы. Бул жумысларда 10 мыӊға шамалас мәҳәлледеги “Ақыллы ҳаяллар” ҳәрекетиниӊ де мүнәсип орны бар. Гезектеги ўазыйпамыз – усы ийгиликли илажларды халқымыз арасында кеӊнен ен жайдырыўдан ибарат.

Әзийз жаслар!

Сизлер  Жаӊа Өзбекстанныӊ қурыўшы күшисиз! Халқымыз гөзлеп атырған жоқары шеклерге ерисиўде ақыл-парасатыӊыз, күш-ғайратыӊыз, ана Ўатанға болған садықлығыныз теӊсиз.

Ана жеримизге меҳир бериӊ! Нурлы келешек ушын бүгиннен баслап өз шаӊарағыӊыз, көшеӊиз, мәҳәллеӊизде нәлиӊизди егиӊ, аймақта “Жаслар бағы”н шөлкемлестириўде баслама көрсетиӊ!

Қәдирли ӯатанласлар!

Бул ийгиликли әмеллер жолында барлық зиялылар, пән, әдебият, спорт тараӯы хызметкерлери киби елге танылған дөретиӯши инсанлар ҳәм спортшыларымызға елимиз жаслары ҳәӯес пенен қарайды. Солай екен мәмлекетимизде әмелге асырылатуғын гүзги терек егиӯ мәӯсимине  жаңа әмелий ҳәрекетлер ҳәм жеке үлгилериңизди күтип қаламыз.

Ҳеш қашан умытпаӊ, сиз Өзбекстанныӊ перзентисиз, Сизиӊ үлесиӊиз – бул ата-анаӊыз, мәҳәллеӊиз ҳәм пүткил халқымыздыӊ абаданлығы ушын хызмет етеди.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content