Шымбай районы ҳәкимлигинде ҳәр жылы дәстурге айланған «Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўы районлық басқышы ѳткерилди.
Таңлаўға район аймағындағы бир қатар мәкеме ҳәм шөлкемлер қатнасты. Қатнасыўшылар ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны, бул бағдарда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, ҳаял-қызларды және де қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийеттеги орнын беккемлеўдеги әмелге асырлып атырған жумыслары ҳаққында кеңнен тоқталып ѳтти.
Район ҳәкимлиги тәрепинен қатнасыўшылар түрли номинациялар бойынша «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.