Анық интоксикация менен бақланады, орайлық нерв системасы ҳәм жүрек қан тамыр системасы искерлиги бузылады. Грипп кеселлигин вируслар келтирип шығарады; олардың А, Ар, А2, Б, С түрлери мәлим. вируслар ўақты -ўақты менен антиген дүзилисин өзгертирип турады. Атап айтқанда, А турининг өзинде антиген өзгешелигине қарай А (H1 Н1), А (H1 Н2) антигенли вируслар парқ етиледи.
Грипп вируслары жүдә турақсиз; бөлме шараятында бир неше сааттан кейин кеселлик пайда етиў қәбилетин жоғалады, қуяш нуры тәсиринде тез набит болады. Төмен температурада, әсиресе, ҳаўа температурасы 0° ден төмен болғанда вирус узақ ўақыт сақланады. Сол себепли грипп кеселлиги суўық мәусимде көбирек ушрасады. Дезинфексиялаўшы препаратлар (хлорамин, хлорли ҳәк еритпелери, формалын, кислота ҳәм сылтылер) тәсиринде вируслар тез набит болады. Халық арасинда әдыраспан түтини де грипп вируларын өлтиретуғынлығы анықланған.
Грипп кеселлиги пүткүл дүняға тарқалған болып ҳәр 2-3 жылда бул кеселлик эпидемия ҳалати дизимге алынады. Инфексия дәреги наўқас болып ол түшкүргенде, жөтелганида, наўқас адам менен сойлесиў ўақтында вирус ҳаўа бөлекшелери ҳәм слекей тамшылары менен әтирап орталыққа тарқалады. Әсиресе, кеселликтиң дәслепки күнлеринде вирус наўқас организминен көп муғдарда ажралып жақын әтирапдағы адамларға жоқари дем алыў жоллары арқалы туседи ҳәм кеселликтиң тарқалығына алып келеди.
Кеселликтиң жасырын (инкубацион) дәуири жүдә қысқа – бир неше сааттан 1-2 кунге шекем. Кеселлик күтпегенде басланады. Саў жүрген адам бирден өзин жаман сезип, температурасы көтериле баслайды, денесинде аўырыўлар ҳәлсизлик белгилери пайда бола баслайди. Арадан 1-2 саат өткеннен, кеселликтиң тийкарғы белгилери көрине баслайди.Температура қысқа ўақыт ишинде 39 – 40° ге шекем көтериледи, наўқас тоңып қалтирайди, басы, қол-аяқ булшық етлеринде аўырыўлар пайда болади.
Емлеў.
Грипп кеселлиги менен аўырған наўқасты емлеўханаға жатқызыў шәрт емес, үйде бөлек ханада жатқаны мақул. Тек кеселлик аўыр кешкен жағдайларда наўқас емлеўханаға жатқызылады. Кеселликтиң аўыр ҳәм жеңил өтиўинен тийкарланып наўқасқа вирусларға тәсир етиўши ремантадин, интерферон сыяқлы дәрилер тек дәслепки күнлерде қолланилса жақсы пайда береди. Шыпакер усынысы менен аўрыў қалдыратуғын дәрилер ҳәм антибиотиклар усыныс етиледи.
Алдын алыў.
Грипп тарқалыў мүмкиншилигы болған ўақытлары арнаўлы профилактика мақсетинде вирусқа қарсы ваксина менен емлеў өткериледи. Ҳәзир кунде грипп вирусина қарси ваксина менен мектепке шекемги билимлендириў мекемеси тарбияшылары ҳәм тәрбияланыўшыларына, медицина бирлеспеси қәнийгелерине ҳәм улыўма билим бериў мектеплери оқытыўшыларина бийпул грипп кеселлигине қарсы ваксина менен емлеў жумыслары әмелге асырылмақта.