Шымбай районлық Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 27-санлы улыӯма орта билим бериу мектебинде, Өзбекстан Жаслар ауқамы басланғыш шөлкем жетекшиси Қ.Жанибеков тəрепинен 5-9-класс оқыӯшыларына Өзбекстан Республикасы Конституциясы тийкарында, 2008-жыл 7-январь да қабыл етилген «Бала хуқықлары кепилликлери хаққында»ғы Нызамы сондай-ақ, 1989-жыл 20-ноябрь де БМШ Бас ассамблясы «Бала хуқықлары хаққындағы конвенция»сы қабыл етилгенлиги, конвенцияның 1-статьясынан 41-статьясына дейин, балалардың хуқықлары кепилленгенлиги хаққында кең түрде оқыӯшы балаларға түсиник берилип, бул бойынша оқыӯшыларға тарқатпа материаллар берилди.