Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлерин ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли корғаў мәмлекет итибарында

Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлерин ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли корғаў мәмлекет итибарында

29.09.2023 15:51:12 244 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимиз ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин ҳәр қыйлы басымлар ҳәмде зорлықлардан исенимли қорғаўдың институционал ҳәмде ҳуқықый тийкарларын түптен жетилистириўге, балалар арасында итибардан шетте қалыў ҳәм олар тәрепинен ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң алдын алыўға, сондай-ақ майыплығы болған балаларды ҳәмде ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға қаратылған кең көлемли ислер амелге асырылмақта.

Усы қатарды Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқыклары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасы еледе жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында» ғы ӨРН-829-санлы Нызамы қабыл етилди.

Бүгинги күнде нызам ҳүжжетлерин қоллаў әмелиятында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин исенимли корғаў менен байланыслы мәселелерде бир қатар машқалалар ушраспақта.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларына қарата жынайый ҳәрекетлер ушын мүнәсип санкциялар белгиленбегенлиги, ҳаял-қызларға карата уятсыз ҳәрекетлерди ислеў ҳәм зорлықлардан қорғаўдың нызамлы кепилликлери жетерли емеслиги, басымлар ҳәм зорлықлардан жәбирленген шахсқа мәмлекет қорғаўын усыныўшы ордердиң әмел етиўи мүддети (отыз күн) ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәмде нызамлы мәплерин жетерли дәрежеде қорғалыўын тәмийинлеў имкәнин бермейди, алиментлерди төлемегенлик ушын жаза сыпатында жәрийма салыныўы жәнеде көбирек финанслық қыйыншылықларды келтирип шығармақта.

Буннан тысқары ер жетпегенлер ислери бойынша республика мекемелер ара комиссиясының, ер жетпегенлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (калалар) мекемелер ара комиссияларының хызмети жетилистирилип, олар тийислилиги бойынша Балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, балалар мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) комиссиялары етип қайта шөлкемлестирилди.

Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасы нызамларына ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық тараўда өз ҳуқықлары ҳәм мәплерин әмелге асырыўында қоллап-қуўатлаў мәселелерин тәртипке салыўшы нызамшылықты халық аралық стандартлар негизинде жетилистириўди нәзерде тутыўшы, сондай-ақ балалар мәселелери бойынша комиссиялар хызметиниң нызамлы тийкарларын беккемлеўши өзгерислер киргизилди.

Нызамда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата уятсыз ҳәрекетлер ҳәмде зорлықлардың алдын алыўға, шаңарақлардағы тәрбиялық орталықты жаксылаўға, балалар ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықлары менен байланыслы халық аралық индекслерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаўда хызмет етеди, сондай-ақ, балалар мәселелери бойынша миллий комиссия, балалар мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар) комиссиялары хызметиниң беккем нызамлы тийкарын жаратады.

 

 

Шымбай районалар аралық

экономикалык суды баслығы                                       З.Д.Бердимуратов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content