Жеке мүлкке болған ҳуқықларыңызды билесизбе?

Жеке мүлкке болған ҳуқықларыңызды билесизбе?

29.09.2023 15:46:18 190 Баспаға шығарыў

Бизге мәлим, жаңадан кабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының 47-статьясында ҳәр ким үй-жайлы болыў ҳуқықына ийе екенлиги, сондай-ақ, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәмде нызамға қайшы түрде үй-жайдан айрылыўы мүмкин емеслиги, үй-жайынан айрылған мүлкдар үй-жайдың баҳасы ҳәмде ол көрген зыянның орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан ҳәмде тең баҳада қапланыўы тәмийинленеди деп белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлкдарлардың ҳуқықларынын кепилликлери ҳаққында»ғы 2012-жыл
24-сентябрь күнги ӨРН–336-сан Нызамының мақсети жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлкдарлар ҳуқықларының кепилликлеринен келип шығатуғын мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Усы Нызамның 2-статьясына көре, жеке мүлк ҳуқықы шахстың нызамшылыққа муўапық муўапық қолға кириткен мал-мүлкке ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў ҳуқықы есапланып, жеке мүлк болған мал-мүлктиң муғдары ҳәм баҳасы шекленбейди, сондай-ақ, жеке мүлкке қол қатылмайды ҳәм мәмлекет қорғаўында болыўы, мүлкдар тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте ғана өз мал-мүлкинен айрылыўы мүмкин.

Жеке мүлк ҳуқықы мүддетсиз болып, мүлкдарға мал-мүлкке ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў мүддетин белгилеўге жол қойылмайды.

Мәмлекет бузылған жеке мүлк ҳуқықының тиклениўин ҳәм онын суд арқалы қорғалыўына кепиллик береди ҳәмде мүлкдарға жеткерилген зыян орны оны жеткерген шахс тәрепинен нызамшылыққа муўапық толық қапланыўы керек.

Мүлкдардың мәмлекет органлары менен өз-ара мүнәсибетлеринде мүлкдар ҳуқықларының үстинлиги принципи әмел етеди, оған муўапық нызамшылықтағы жеке мүлк ҳуқықын амелге асырыў менен байланыслы ҳалда келип шығатуғын бәрше жеңип болмайтуғын қарама-қарсылықлар ҳәм түсинбеўшиликлер мүлкдар пайдасына шешиледи.

Жеке мүлк ҳуқықын әмелге асырыўға мәмлекет органларының ҳәм басқа органлардың, пуқаралар өзин-өзи басқарыў органлары ҳәм олар лаўазымлы шахсларының нызамсыз араласыўына жол қойылмайды.

Жеке мүлк болған мал-мүлкти, сол қатары жер участкасы национализация ҳәм реквизиция етилген жағдайларда алып қойыў, егер нызамда басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, мүлкдарға оның базар баҳасы, сондай-ақ, бундай алып қойыў мүнәсибети менен мүлкдарға жеткерилген зыянның орны толық қапланыўы шәрти менен әмелге асырылады.

Жеке мүлк, атап айтқанда, пуқараларымыздың жеке үй-жайлырына болған бундай ҳуқықларының жаңадан қабыл етилген Конституциямызда белгилеп қойылыўы, үй-жайға болған мүлк ҳуқықының шын мәниде мәмлекет қорғаўында екенлигинен дерек береди.

 

Шымбай районлар аралық

эконмикалық суды баслығы                                     З.Д.Бердимуратов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content