Жеке тәртипте үй-жай қурыў ушын жер участкаларын алыў тәртиби

Жеке тәртипте үй-жай қурыў ушын жер участкаларын алыў тәртиби

22.09.2023 18:13:54 250 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда жер менен байланслы мүнәсийбетлерди нәтийжели тәртипке салыў, жерлерди қорғаўды жетилистириў, жер участкаларына байланыслы даўлардың алдын алыў, бунда пуқара ҳәм юридик шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды жәнеде жетилистириўге байланыслы болға әҳмийетли нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилди.

Буған Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл                 8-июнь күнги “Жер мүнәсийбетлеринде теңлиқ ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў ис-иләжлары ҳаққыда”ғы ПФ-6243-санлы Пәрманын мысал сыпатында келтириўимиз мүмкин.

Усы Пәрман менен жер участкаларын ажыратыўдың бәрше ушын тең, әшкара ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртибин енгизиў, жерге байланыслы мүлкий ҳәм ҳуқықый мүнәсийбетлерде турақлылықты тәмийинлеў, жерлерди қорғаў ҳәм жер ийелериниң мүлк ҳуқықларын кепиллестириўдиң жаңа ҳуқықый тийкары жаратылды.

Оған көре, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация қылыныўы белгиленди, сондай-ақ, 2021-жылдың 1-августинен баслап жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жер мүнәсийбетлерине байланыслы қарар яки басқа түрдеги ҳүжжет қабыл етиў ҳуқықы бийкар етилди.

Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 16-август күнги “Жер участкаларын ажыратыў ҳәм олардан пайдаланыў, сондай-ақ жерлерди есапқа алыў ҳәм мәмлекетлик жер кадастрын жүритиў системасы жетилистирилиўи мүнәсийбети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққындағы”ғы ЎРҚ-708-санлы нызамына муўапық, Өзбекстан Республикасының Жер кодексине де бир қатар өзгерис ҳәм қосымшалар киритилди.

Усы Кодекстиң 23-статьясы жаңа редакцияда қабыл етилип, усы статьяның 2-бөлими 1-бәнтинде, жер участкаларын бериў (реализация қылыў) яғный, мүлк қылып бериў аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳақкындағы нызамшылыққа муўапық, жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын электрон онлайн аукцион тәртибинде әмелге асырылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, жоқарыдағы нызам менен Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 27-статьясы да жаңа редакцияда қабыл етилди. Оған көре, Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәм үй-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарға шекем жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мүлк ҳуқықы тийкарында реализация қылынады.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң
6-статьясында нәзерде тутылған район (қала) ҳәкимлериниң жер мүнәсийбетлерине байланыслы айырым ўәкилликлери, соннан пуқараларға, юридик шахсларга ийелик етиўге, пайдаланыўға ҳәм ижәраға жер бериў, сондай-ақ жерлерди алып қойыўға байланыслы ўәкилликлери бийкар етилди.

Сондай-ақ, 2021-жыл 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасының “Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. Усы нызамның 3-бабында, турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), ижәра ямаса мийрас қылып қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықлары тийкарында тийисли болған жер участкаларын меншиклестириў тәртиби белгиленген. Оған көре, Өзбекстан Республикасының пуқарасы тәрепинен жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәм үй-жайды абаданластырыў, сондай-ақ исбилерменлик ҳәмде қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын өзине берилген ҳәм мийрас қылып қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў яки ижәра ҳуқықы тийкарында өзине тийисли болған жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында арза бериледи.

Жер участкасына болған турақлы пайдаланыў (ийелик етиў), мийрас қылып қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў яки ижәра ҳуқықы тийисли рәўиште Өзбекстан Республикасының юридик ҳәм физикалық шахсларына өткенде оларға усы жер участкасын меншиклестириўге болған ҳуқықы да өтеди.

Арза мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Өзбекстан Республикасы Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы бериледи. Арзаға қосымша қылынатуғын ҳүжжетлер дизими Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди. Арза жер участкасын меншиклестириў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў ушын тийкар болады. Арзаны көрип шығыў жер участкаларын меншиклестириў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўге байланыслы ҳәкимшилик регламентке муўапық автоматластырылған хабар системасынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады. Арзаны көрип шығыў нәтийжеси унамлы яки унамсыз қарарды өз ишине алыўы мүмкин болған хабарнамадан ибарат болады. Унамлы қарар бар болған хабарнама меншиклестирилетуғын жер участкасын сатып алыў баҳасы арза бериўши тәрепинен төлеў ушын тийкар болып есапланады. Унамсыз қарар бар болған хабарнамада жер участкасын меншиклестириў мүмкин емеслигиниң тийкарландырылған себеплери қаласазлық ҳүжжетлериниң анық талапларына яки нызамшылық нормаларында белгиленген ҳалда көрсетиледи.

Жер участкасына болған мүлк ҳуқықы ушын мәмлекетлик ордер ҳуқықты белгилеўши ҳүжжет болып, ол меншиклестирилетуғын жер участкасының баҳасын төлеў толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылғанынан кейин бир ис күни ишинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерин басқарыў агентлиги тәрепинен бериледи.

Меншиклестирилген жер участкасына болған жеке меншик мүлк ҳукықы оған болған ҳуқық Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрине тийисли мағлыўматларды электрон тәризде киритиў арқалы мәмлекетлик дизимнен өткизилген ўақыттан жүзеге келеди.

Жеке тәртиптеги үй-жай дегенде, бир жер участкасында жайласқан, турақлы жасаў, дем алыў ҳәм жеке хожалықты жүритиўге мөлшерленген жәрдемши хожалық имәратлары ҳәм ҳәўлидеги имәратлар тийисли болған бир яки бир неше турақ жай имәраты түсиниледи.

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясы 2-бөлими 1-бәнтинде, жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәмде үй-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын бериў (реализация қылыў), исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион тәртибинде әмелге асырылыўы белгиленген.

Сол себепли, жеке тәртипте үй-жай қурыў ушын жер участкаларын бериў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрь күнги 1023-санлы қарары менен тастыйықланған “Исбилерменлик ҳәм қаласазлық искерлигин әмелге асырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы бериў тәртиби ҳаққында”ғы Режеге муўапық әмелге асырылады.

Жуўмақлап айтқанда, усы қабыл етилген ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм әмелге асырылып атырған әмелий ислер бүгинги күнде жерге байланыслы мүнәсийбетлерди ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың әҳмийетли шәрти болып табылады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

ҳәкимшилик судының судьясы                                  Р.Худайберганова

Пайдалы ресурслар
Skip to content