Жаңаланған Конституцияда инсан ҳуқықлары

Жаңаланған Конституцияда инсан ҳуқықлары

22.09.2023 18:10:23 314 Баспаға шығарыў

Ɵзбекстан бүгин ɵзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қəдем қоймақта.

Пуқаралардың ең əҳмийетли арзыў-үмитлери ҳəм мақсетлери тийкарғы нызам Конституцияда толық ɵз сəўлесин табады.

Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый түп тийкарын қурайды.

Конституцияның 30-статьясында, ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айырылыўы мүмкин емес, ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес, деп белгиленген.

Жаңаланған Конституцияның 31-статьясында болса, ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе.

Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. Усы ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине тийкар жол қойылады.

Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе.

Ҳәр ким турақ жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе.

Ҳеш ким турақ жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы кириўи мүмкин емес. Турақ жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады. Турақ жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

ҳəкимшилик судының судьясы                                                                        А.Салиев

Пайдалы ресурслар
Skip to content