Ушырасыўда аўыр экологиялық шараятта жасап атырған Аралбойы аймағынан есапланған Қарақалпақстан халқына медициналық жәрдем көрсетиў, түрли кеселликлерди алдын ала анықлаў, бул бағдарда генетикалық изертлеўлер алып барыў менен шуғылланыўшы жаңа лаборатория шөлкемлестириў ҳәм усы тийкарда республикамыз халқының саламатлығын беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Онда сондай-ақ, Алиреза Хагиги тәрепинен медицина тараўын раўажландырыў бағдарында бир қатар усыныслар билдирилди.
Соның менен бирге, генетикалық изертлеўлер менен шуғылланыўшы жаңа лаборатория ашылыўы тек ғана медицина тараўында емес, аўыл хожалығы, соның ишинде шарўашылық ҳәм дийқаншылық бағдарларында кең түрде әмелиятлар өткериўге жәрдем беретуғынлығы, тараўда жоқары нәтийже алыўға кери тәсирин тийгизип атырған түрли кеселликлерди анықлаў имканиятын да жарататуғынлығы айтып өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы өз гезегинде Қарақалпақстан халқы турмысын жақсылаў бағдарындағы ҳәр қандай жаңа жойбар ҳәм усыныслар қоллап-қуўатланатуғынлығын, өз-ара бирге ислесиў бойынша республика басшылары барқулла таяр екенлигин билдирди.
Айтып өтиў орынлы, өткерилген ушырасыў даўамында жаңа заманагөй технологияларды кеңнен пайдаланыў, келешек кәсиплериниң бири болған IT тараўын раўажландырыў ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды еле де кеңейтиў мәселелериде сөз етилди.