Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Әдил судлаўға ерисиўдиң имканиятларын жәнеде кеңейтириў ҳәм судлар искерлиги нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша иләжлар ҳаққында»ғы Парманында ҳалықтың әдил судлаўға ерисиў имкәниятларын жәнеде кеңейтириў суд ҳуқық системасын реформалашды тезлестириўды, тараўға раўажланған халықаралық стандартларды енгизиўды талап етип атырғанлығы, сол себепли 2022-2026 жылларға мөршерленген Жана Озбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген ўәзыйпаларға муўапық, басқа бир қанша мақсет ҳәм ўазыйпалар менен биргеликте суд қарарларының сөзсыз орынланыўы, бул бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң жуўапкершилигин асырыў белгиленди.
Судтың шешиўши қарарын (қарарын) пул қаржыларын ондириў менен байланыслы қарар етилген болса Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы жанындағы Мәжбурий орынлаў бюросы арқалы орынланады, ал қарардың мүлкий түске ийе болмаған орынланыўы болса сол уйымға суд қарарын жоллаў арқалы орынлаўға қаратылады ҳәм қарар орынланғанға шекем судтың қадағалаўында болады.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодекстиң 189-статьясы 5-бөлиминде шағым етилип атырған ҳәкимшилик уйымның қарары ҳақыйқый емес деп табылғанда, ҳәрекетлер нызамға муўапық емес деп табылған тағдирде суд сол уйымға яки оның лаўзымлы шахсына нызамға муўапық қарар қабыл етиў яки белгили бир ҳәрекетти әмелге асырыў ямаса арза бериўшиниң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўларын басқаша усылда сапластырыў ҳам де жол қойылған нызам бузылыўларды сапластырыў ҳәм шешиўши қарардың орынланыўы ҳаққында судқа ҳәм арза бериўшига, егер суд тәрепинен басқаша мүддет белгиленмеген болса, судтың шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен баслап бир ай ишинде хабар бериўи белгиленген.
Усы Кодекстиң 276-статьясына тийкар суд ҳүжжетлери нызамлы күшке киргенинен баслап орынлаўға қаратылады, буннан нызамшылықта белгиленген тәртипте тоқтаўсыз орынлаў ҳалатлары кирмейды.
Суд ҳүжжетиниң орынлаўы шешиўши қарар (қарар) тийкарында, пул қаржыларын мәжбүрий орынлаў бойынша суд хүжжетиниң орынланыўы болса суд тәрепинен берилетуғын орынлаў хаты тийкарында әмелге асырылады.
Усы нызам нормасына 2023-жыл 26-апрель күнги Өзбекстан Республикасы 833-санлы Нызамы менен өзгерислери киргизилип, оған көре, нызамлы күшине кирген суд ҳүжжетлери, егер суд тәрепинен басқа мүддет белгиленмеген болса, олар нызамлы күшине кирген күннен баслап бир ай ишинде ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа шөлкемлер, сондай-ақ лаўазымлы шахслар тәрепинен орынланыўы лазым, ҳәкимшилик уйымлар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа уйымлар, шөлкемлер, сондай-ақ лаўазымлы шахслар орынланғаны ҳаққында судты хабарландырыўы шәрт, суд ҳүжжети орынланбаған тәғдирде, усы Кодекстиң 14-бабында белгиленген тәртипте ҳам муғдарда биринши инстанция суды тәрепинен суд жәриймасы салынады ҳәм суд ҳүжжетин орынлаў ушын бир айдан аспайтуғын тәкирарий мүддет бериледи.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексиниң 122-статьясында, ҳәкимшилик уйымлар яғный жуўапкер тәрепинен суд ҳүжжети орынланбаған тәғдирде олардың лаўазымлы шахсларына базалық есаплаў муғдарының бес есесине шекем суд жәриймасы салынатуғынлығы, егер суд ҳүжжети тәкираран орынланбағын жағдайда, дәслепки белгиленген суд жәриймасының он есеси муғдарында суд жәриймасы белгиленеди, деп белгиленген.
Суд қарары өзиниң орынланыўы менен әҳмийетлы болып есапланады, сол себепли Нызамларға киргизилген өзгерислерде суд қарарының орынланыўына болған талап ҳәм жуўапкершилик асырылғанлығы судқа мүрәжәәт етиўши пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң артықша аўерегершилигиниң алдын алып, суд қарарының орынланыўы олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң ҳақыйқый мәнисте тәмийнлеўге хызмет етеди.
Рахима Худайберганова
Қарақалпақстан Республикасы
ҳәкимшилик суды судьясы