Салық ҳәкимшилигин жәнеде жетилистириў ҳәм салық нызамшылығын бузғанлық ушын жуўапкершиликти либералластырыў арқалы исбилерменлик орталығын жақсылаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқала ҳәм усынысларын туўрыдан-туўры үйрениў ҳәмде исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы жөнелислерин белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сәўбети шеңберинде белгиленген ўазыйпалар орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Салық миннетлемелерин орынлаўда исбилерменлик субъектлерине жәнеде қолай шәрт-шәраятлар жаратыў ис-иләжлары ҳаққында” 2021-жыл 7-сентябрь күнги ПФ-6307-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен 2022-жыл 1-январьдан баслап камерал салық тексериўи нәтийжелери бойынша анықланған ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар қолланылмаслығы белгиленип, исбилерменлик субъектлери тәрепинен салық есабатын белгиленген мүддетлерде усынбағанлық ушын финанслық санкциялар бийкар етилди.
Пәрманға көре, салық уйымлары юридик шахслардан алынатуғын жер салығын Кадастр агентлиги уйымлары мағлыўматлары тийкарында, қосылған қун салығы, акциз салығы ҳәм айланбадан атынатуғын салықты электрон есап-фактура ҳәм онлайн бақлаў касса техникасы мағлыўматлары ҳәмде салық уйымларында бар болған басқа мағлыўматлар тийкарында есаплап шығарады ҳәм салық есабатын ислеп шығады.
Салық уйымлары тәрепинен ислеп шығылған салық есабаты салық төлеўшилер ушын белгиленген тийисли салық есабатын усыныў мүддетинде кеминде 10 күн алдын салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы жибериледи. Салық төлеўши салық уйымлары тәрепинен жиберилген салық есабатын алған күннен баслап 5 күн ишинде оны тастыйықлайды яки егер қарсылығы болса салық есабатын қайта ислейди ҳәм орнатылған тәртипте салық уйымларына усынады.
Сондай-ақ, усы Пәрман менен Мәмлекетлик салық комитети, мәпдар министрлик ҳәм мекемелерге 2022-жыл 1-январға шекем салық төлеўшилерге қосылған қун салығы, акциз салығы ҳәм айланбадан алынатуғын салықты есаплаў ушын зәрүр болған салық салыў объекти яки салық салыў менен байланыслы басқа объектлерди электрон есап-фактураларда сәўлелендириў имканын жаратыў ўазыйпасы тапсырылып, салық салыў объекти ҳәм (яки) салық салыў менен байланыслы басқа объектлер бойынша мағлыўмат усыныў талапларын бузғанлық ушын жуўапкершилик иләжларын күшейтиў бойынша усынысларды ҳәмде 2022-жыл 1-августқа шекем эксперимент нәтийжелерин терең анализлеген ҳалда оны республиканың бәрше аймақларындағы салық төлеўшилерге жеткериў ҳәмде салық уйымлары тәрепинен салық есабаты ислеп шығылатуғын салықлар дизимин кеңейтиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы жүкленди.
Шымбай районлар аралық
Экономикалық суды баслығы З.Д.Бердимуратов