Ҳәр ҳәптениң сийшемби яғный, 2-күни район ҳәкими А.Тажетдиновтың жеке қабыллаӯы болып өтеди
Пуқаралар өзлериниң машқалаларын қыйнап киятырған нешше жыллардан берли питпей атырған мүрәжатларын район ҳәкимине билдирип унамлы шешилген мүрәжатлар бойынша жумыслары питкеннен соң келип қабыллаў күни өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирмекте.
Ҳәр ҳәптеде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынынан бир қанша пуқаралар газ , ишимлик суў ишки жолларды оңлаў ҳәмде денсаўлығына байланыслы мүрәжатларын айтып өтпекте.