Салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти

Салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти

29.08.2023 18:13:34 237 Баспаға шығарыў

 

Жақында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған бир қатар қарақалпақстанлылар сыйлықланған еди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықланған жерлеслеримизге орден, медаль, көкирек белгиси сыяқлы сыйлықларды салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық тараўларда елимиз раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип, көпшиликке үлги болып атырған ўатанласларымыз барқулла Президентимиз итибарында екенлигин атап өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

Салтанатлы илажда Президент Пәрманы менен сыйлықланған жерлеслеримизге сыйлықлар тапсырылды. Онда бүгинги хошаметлеў елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының бир ғана көриниси екенлиги, буннан басқа да республикамыз халқының турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип атырғанлығы, усы тийкарда көплеген дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылып атырғанлығы айрықша тилге алынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content