Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын” сүрени астында байрам илажы Шымбай районында көтериңки руӯхта даӯам етти.
Байрам салтанатын район ҳәкими А.Тажетдинов ашып берди ҳәм район халқын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети қызғын қутлықлап , районымыздағы соңғы өзгерислер ҳаққында ҳәмде елимизде Ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған оғада көлемли жумыслар, пуқаралардың турмыс абаданлығын, ҳәр бир инсанның бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли әмеллер ҳаққында атап өтти. Сондай – ақ байрамға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязовта қатнасып жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Байрамға Респуликамыздан келген елимизге белгили қосықшылар ҳәмде районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеӯилли даӯам етти.