Бүгин Шымбай районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими тәрепинен “Сыпатлы билимлендириў-күшли жәмийет” ураны астында билимлендириў тараўы хызметкерлериниң районлық “II-Устазлар миллий форумы” болып өтти.
Форумда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Е.Мадреймов ҳәмде нураный устазлар қатнасты. Бунда жаңа 2023-2024-оқыў жылында ислениўи тийис ўазыйпалар ҳәмде белгиленген режелер ҳаққында айтылып өтилди.
Форум даўамында 2022-2023-оқыў жылында жетискенликлерге ерискен педагоглар ҳәм тәрбияшыларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.