Бүгин Шымбай районындағы «Шымбай Таласы» ЖШЖде 2023-жыл өними ушын егилген пахта майданларына дефолация өткериў бойынша көргизбели семинар өткерилди.
Семинарға район ҳәкими А.Тажетдинов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң орынбасары Д.Қайпов, сектор басшылары, тараў қәнигелери, фермер хожалықлары ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны ақсақаллары қатнасты.
Егилген пахтаның 4100 гектар майданын кешиктирмей өз ўақтында дефолация ислеў бойынша бир қатар түсиниклер берилди.