Яғный айтқанда, суўдан үнемли пайдаланыў, бар болған суў ресрусларын бирлемши азық-аўқатлық затларды жетистириўге бағдарлаў арқалы биринши гезекте халқымыздың сапалы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм республикамыздың экспорт потенциалын арттырыў жолындағы әмелий илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Атап айтқанда, быйылғы жылдың январь-август айларында 7 мәмлекетке яғный, Қазақстанға – 36,2 мың тонна, Россияға – 648,7 тонна, Қытайға – 265,0 тонна, Германияға – 110,0 тонна, Пакистанға – 93,6 тонна, Әзербайжанға – 22,0 тонна ҳәм Италияға – 20,0 тонна Қарақалпақстанда жетистирилген жәми 37,4 мың тонна, яғный, 8,3 млн долларлық аўыл хожалығы өнимлери экспортқа шығарылды.
Экспортқа шығарылып атырған мийўе-овощ өнимлериниң тийкарғы үлеси овощ 36,9%, палыз 17,5%, собықлы өнимлер 16,2%, мийўе 12,2%, жүзим 11,4 %, қурғатылған мийўе-овощ 2,1%, майлы 1,0%, өнимлерине туўры келмекте.