Халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тийкарғы мәселе

Халқымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў тийкарғы мәселе

22.08.2023 12:40:31 176 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў мәселелери бойынша жуўапкерлер менен ушырасты.

Онда азық-аўқат ҳәмде аўыл хожалығы өнимлери баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелери қарап шығылды.

Айтып өтиў орынлы, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында өнимлерди сақлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратып берилген.

Усы жылдың гүз-қыс мәўсими ушын жәми 50 мың тонна тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери резервин таярлаў режелестирилген болып, талап етилетуғын қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылып атыр. Сондай-ақ, картошка резервин жаратыў бойынша шәртнамалар дүзилип, реже тийкарында қоймаханаларға жайластырыў илажлары алып барылмақта.

Азық-аўқат өнимлери резервин қәлиплестириў ушын музлатқыш ҳәм қоймаханалар бар болғаны менен айырым районларда бул жумысларды жолға қойыў тәмийинленбеген. Жумыс алып барып атырғанларының да ислеў жағдайлары үйренилгенде музлатқыш ҳәм қоймаханалары ҳәрекетсиз турғанлығы анықланған.

Халқымызды гүз-қыс мәўсиминде сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, баҳалар турақлылығын сақлап турыў мақсетинде “Нөкис арзан өнимлер” өнимлерди таярлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратылып, базарларымызға өнимлерди алып келиў, музлатқышларда сақлаў ҳәм зәрүрлигине қарап сатыўға шығарыў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соның менен бирге мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер сын көз-қараста қарап шығылып, жуўапкерлер ескертилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content