Жоқарғы Кеңес Баслығы жетекши фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы жетекши фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

16.08.2023 09:38:43 183 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз районларындағы мийнет алдыңғылары болған жетекши фермер хожалықлары баслықлары менен ушырасты.

Онда тийкарынан аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў ҳәм қайта жанландырыў мақсетинде ислеп шығылыўы режелестирилип атырған стратегия бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Соның менен биргеликте, бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде республикамыздың климатына сәйкес аўыл хожалығы егинлерин егиў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириўди кеңейтиў, тәжирийбели илимпазлар менен тығыз бирге ислесиў мәселелери қарап шығылды.

Бүгинги күнде халқымыздың азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм ишки тутыныўды сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўдиң әҳмийети артып бармақта. Бул бағдарда суўдан ақылға уғрас пайдаланыўдың орны айрықша болып, усы тийкардағы жумыслардың нәтийжели шөлкемлестирилиўи ҳәм суўдың әдил бөлистирилиўине итибар қаратылыўы себепли быйыл узақ жыллардан бери биринши мәрте Қарақалпақстанда жетистирилген картошка өними базарларымызға кең түрде жеткерип берилип атыр.

Айтып өтиў керек, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар көп. Басқа да биринши дәрежели пайдаланылатуғын өнимлерди жетистириў бүгинги күнниң талабы есапланады. Усы мақсетти әмелге асырыўда режелестирилип атырған стратегия бойынша фермер хожалықлары басшылары өзлериниң бир қатар пикир-усынысларын билдирди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content