«Суӯ тәмийнаты ҳәм ақава суӯ объектлериниң қурылыси бойынша Ѳзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясынин 2023- жыл 8-июньдағы арнаӯлы тапсырмасы ҳәм 2023 -жыл 13- июньдағы Министрлер Кабинетиниң арнаӯлы қарарына тийкарланып Шымбай районы «Қамыс-арық» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бахытлы» АПЖда Ақтоғын, Аршан ҳәм Қулман аӯылларына жәми 1 объект ҳәм 22,9 км аралыққа жаңадан ишимлик суӯ тармағына 3 млрд. 648 млн.сўм қаржы ажыратылып бүгүнги күнде «АРАЛМЕХАНИЗАЦИЯ» ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылмақта.