Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты

09.08.2023 12:12:17 172 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы, соның ишинде Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, социаллық, мәденият, туризм бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм әсирлер даўамында даўам етип киятырған қатнасықларды еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.

Онда сондай-ақ, бүгинги күнде саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша өз ара бирге ислесиўди күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлердың экспорт көлемин арттырыў, бар болған инфраструктура имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикирлесилди.

Айтып өтиў керек, бүгинги күнде Қазақстан Республикасы менен экономикалық байланысларды еле де кеңейтиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақлық жақтан республикамыз бенен шегаралас жайласқанлығы, өнимлерди экспорт етиўде темир жол, автомобиль жолы ҳәм ҳаўа жолы арқалы туўрыдан-туўры бирге ислесиў имканиятының бар екенлиги, өз-ара мәдений байланыслардың жақсы раўажланғанлығы бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўға кең имканият береди. Усы тийкарда бирге ислесиўлер де раўажланып бармақта.

Бүгинги өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында сөйлесилди ҳәм Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша республика басшылары барқулла таяр екенлиги, экспортты кеңейтиў ҳәм саўда байланысларын беккемлеў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content