Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў, бул бағдарда ушырасып атырған машқалаларды белгилеп алыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге тийисли илажларды көриў мәселелери бойынша узақ жыллық тәжирийбеге ийе фермер хожалықлары баслықлары, дийқанлар ҳәм тараў бойынша жумыс алып барып атырған илимпазлар менен пикирлести.
Онда тийкарынан бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде республикамыздың климатына сәйкес аўыл хожалығы егинлерин егиў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириўди кеңейтиў, күтилгендей өним алыўдың кепиллиги болған туқым жетистириў, яғный, селекцияны раўажландырыў, бул бағдарда тараўда илимий изленислер алып барып атырған тәжирийбели илимпазлар менен тығыз бирге ислесиў, пайдаланыўдан шығып кеткен егислик майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў, суўдан үнемли пайдаланыў ҳәм бир неше жыллар даўамында жыйналып қалған машқалаларды шешиў ҳәм тараўды қайта жанландырыў мақсетинде ең кеминде 5 жыллық стратегияны ислеп шығыў мәселелери қарап шығылды.
Атап өтиў керек, аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў, тараўға жаңа инновациялық идеяларды енгизиў ҳәм егислик майданларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың әҳмийети күннен-күнге артып бармақта. Сонлықтанда, бул бағдарда тараўға анық белгиленген стратегияны ислеп шығыў оғада зәрүр ўазыйпалардан есапланады.
Бүгинги өткерилген ушырасыў мине усы сыяқлы шешимин күтип турған оғада әҳмийетли мәселелер ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпалар бойынша болды.