Шымбай районы 3-сектор аймағына “Бахытлы”, «Майжап», “Пашенттаӯ” “Қызыл-ѳзек” аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм “Гүжимли”, макән пуқаралар жыйыны бириктирилген.
Сектор аймағында жәми 4097 хожалық, 5122 шаңарақ болып, оларда 26017 халық жасайды. Соннан еркеклер 13199, ҳаяллар 12818, жаслар болса 5574 ти қурайды. Секторда 11 мектеп, 13 мектепке шекем билимлендириў бөлимлери, 4 аўыл врачлық пункты халықка хызмет қылып келмекте.
Шымбай районы 3-сектор аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 8-август күнги “Аймақларды жедел социал–экономикалық раўажландырыўды тәмийинлеўге байланыслы шара-иләжлар туўрысында”ғы 3182-санлы ҳәмде 2019 жыл 8 январьдағы “Аймақларды комплекс социал–экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар жумысларын жәнеде жеделлестириўге байланыслы қосымша ис-иләжлар туўрысында”ғы 4102-санлы қарарлары талапларын орынлаў мақсетинде жыл басыннан берли бир қатар жумыслар әмелге асырылды;
Сектор аймағындағы социаллық қоллап-қуўатлаўға мутәж болған шаңарақларда ҳатлаўлар өткериў даўамында “Темир дәптер”, “Хаяллар дәптер”, ҳәм “Жаслар дәптер”лерине толық қамрап алынды.
“Темир дәптер”ге жәми болып 406 социал қоллап-қуўатлаў мүтәж шаӊарақлар киритилген болса, усы шаӊарақларда 544 мийнетке жарамлы жумыссызлар болған, бүгинги күнге келип 529 мийнетке жарамлы жумыссызлардын, яғыный 97,2 пайзыныӊ бәнтлигин таъминлениўге ерисилген. Даптерде болған 406 шаӊарақтыӊ 391 көрсетилген әмелий жәрдемлер нәтийжесинде Халық депутатлары Шымбай районы Кеӊесиниӊ қарары менен даптерден шығарылды, ҳәзирде 15 шаӊарақ даптерде қалмақта. Бул шаӊарақлардыӊ халынан турақлы хабар алынып, бәнтлигин тәмийинлеў мәселелеринде жәрдемлер көрсетиў ушын әмелий жәрдемлер көрсетилип келинбекте.
“Ҳаяллар дәптери”ниӊ 4-басқышында сектор аймағынан 702 ҳаял-қызлар киргизилип, “Ҳаяллар дәптери” фонды есабынан 582 ҳаял-қызларға, яғный 82,9 пайзына жәрдем көрсетилди.
“Ҳаяллар дәптери”не социаллық қоллап-қуӯатлаӯға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар жөнелиси бойынша дизимге киритилген 400 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 31 ҳаял-қыздыӊ 27 не өз исбилерменлигин баслаў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, бағыўшысы болмаған мүтәжлиги болған 64 ҳаял-қызға ҳәмде қарамағында майып перзенти болған 58 ҳаял-қызға базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары ажратылды.
“Жаслар дәптери” бойынша бүгинги күнде сектор турғынларыныӊ 5574 син жаслар қурайды. Ал, соннан “Жаслар дәптери”не (14-30 жас аралығында) 258 жаслар киритилген болып, олардан 136 жасқа (51,2%) жәрдемлер көрсетилди. Атап айтқанда, 109 жастыӊ бәнтлиги таъминленди, 21 жасқа жеӊиллетилген кредитлар берилди, 13 жасқа өз дийхан хожалығын шөлкемлестириў ушын жер орынлар ажратылды, 8 жасқа мәртелик материаллық жәрдем берилди, 24 жастыӊ жаслардың шартнама пуллары төлеп берилди, 6 жасқа субсидия есабынан мийнет қураллары алып берилди, 11 жастыӊ сапарбарлық шақырыӯ резервиниң пуллары төлеп берилди, 8 жасқа автотранспорт басқарыӯ гуӯалығын алыӯ ушын оқыӯ пулы төлеп берилди, 19 жасқа илим пән, спорт ҳәм мәденият жөнелисиндеги алты айлық оқыӯ курс пуллары төлеп берилди, 13 жастың емлениӯ ушын қарежетлери төлеп берилди.
Пуқаралардың машқала ҳәм усынысларын үйме-үй барып үйренип, халыққа әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясаты ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, анықланған машқалаларды орнында шешиў, сондай-ақ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көрилмекте. Бүгинги күнге шекем үйме-үй жүрип үйрениӯ даӯамында 620 мийнетке жарамлы пуқара бәнтлиги тәмийинленди. Соннан, 228 пуқара турақлы жумысқа, 67 пуқара ҳақ тѳленетуғын жәмийетлик жумысқа жайғастырылған болса, 325 пуқараның ѳзин-ѳзи бант етиӯ менен тәмийинленди, 375 пуқараға өз жеке исбилерменлигин баслаў ушын жеӊилестирилген кредитлер ажратылды. Буннан басқа 56 пуқара кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменликке оқытылды.
2023-жылда әмелге асырылыўы белгиленген жойбарларды мониторинг қылыў ҳәмде пайда болған машқалаларды шешиў илажларын көриў бойынша 3-сектор аймағында инвестиция дастурине киритилген жойбарларды турақлы мониторинг етип барыў арқалы жүзеге келген машқалалы мәселелер тийисли мекеме ҳәм кәрханалар менен биргеликте сапластырыў илажлары көрилмекте.
3-секторда әмелге асырылыўы белгиленген улыўма бахасы 12 млрд 944 млн. сўмлық 6 жойбарлардыӊ орынланыўын тәмийинлеў ҳәмде белгиленген 36 жумыс орынларын жаратылыўы бойынша ис-илажлар белгилеп алынған. Бу жойбарларды тараўлар көлеминде қарасақ, хызмет көрсетиў тараўында 10 млрд 720 млн сумлық 5 жойбар, аўыл хожалығында 2 млрд 224 млн сўмлық 1 жойбар қурайды. Шымбай районы 3-сектор аймағында 2023-жылдың 6 ай даўамында 29 мәрте халық пенен ушырасып “Көшпели қабыллаў”лар өткерилди. Ушрасыўлар даўамында жәми 132 мурәжетлер келип түскен болса, усы мурәжетлердиӊ 88 (66,6%) унамлы шешим тапты, 44 мүражатларға түсиниклер берилди.
3-сектор аймағында социаллық-экономикалық жақтан инфраструктура бойынша “Гужимли” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Тыныбаев көшесиниң 4,7 км, Х.Жумамуратов көшесиниң 1,4 км ҳәм Қазы Маулик кѳшесине 3,8 км “Майжап” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағынан Орыс кеткен көшесиниң 4 км, Бағ аӯылына 2 км, “Қызыл-өзек” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағынан Жылқыманлар көшесинен 5,2 км аралыққа майдаланған тас қатламы тѳсеп берилип усындай унамлы жумыслар әмелге асырылыӯы даӯам етпекте.
Сектор аймағындағы 2023-жыл иске түсиӯи зәрүр болған инвестициялық жойбарларының толық иске түсиӯин тәмиийинлеп, жаңа жумыс орынлары ашылыӯы ҳәм жумыссыз болған пукараларды жумыс пенен тәмийинлеӯ шараларын ҳәмде сектор аймағындағы барлық социаллық объектлер ҳәм хожалықлардың гүз-қыс мәӯсимине таярлығын кѳрип шығыӯ, машқалаларын орнында шешиӯ шараларын кѳремен.