Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы”ның ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде “Халықлар дослығы күни” байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келмекте. Ҳәр жылы ҳүрметли Президентимиз тəрепинен көп миллетли халқымызға айрықша ҳүрмет көрсетилип, бир қатар Ўатанласларымыз “Халықлар дослығы” көкирек нышаны менен сыйлықланып, миллий-мәдений орайларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атыр.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта.
Бүгинги күнде елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери бир мақсет жолында бирлесип, ана-Ўатанымызды еле де раўажландырыў жолында аянбай мийнет етип, жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.
Бүгинги өткерилген байрам салтанатында да мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар атап өтилди.
Илаж даўамында бир қатар ўатанласларымызға көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.