Көп санлы пуқараларымыз тәрепинен көшпели қабыллаўларда ҳәм көше бийлери менен ушырасыўларда көтерилген үй-жайлардың кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы машқалаларға шешим табыў бағдарында ҳүрметли Президентимиздиң усы жылы 30-марттағы Қарақалпақстанға болған сапары даўамында республикамыз ушын өз алдына кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў мәселеси итибарға алынып, усы машқаланы шешиў бойынша ўәде берилген еди.
Бүгин пуқараларымыз күткен және бир тарийхый пәрманға қол қойылды. Яғный, усы жылдың 28-июль күни Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәмде физикалық шахслар тәрепинен қурылған үй-жайларға болған ҳуқықларды атап өтиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Бул қабыл етилген пәрман Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанға болған айрықша итибар ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси болды десек алжаспаған боламыз.
Пәрман бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралардың ҳуқықын белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған 43 432 үй-жайлар жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықын, онда жайласқан имаратларға мүлк ҳуқықын бериў ҳаққындағы усыныс қоллап-қуўатланды.
Яғный, Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен 43 432 ҳүжжетлери жоқ үйлердиң кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип бериледи.
Пуқараларымыздың мүрәжатлары ҳәм көше бийлери тәрепинен көтерилген кадастр ҳүжжетлери менен байланыслы бул машқала да тиккелей Президентимиздиң итибары менен енди өз шешимин табады.