Жоқарғы Кеңес Баслығы коммуналлық хызмет көрсетиўши кәрханалар ҳәм теплица хожалықлары басшылары менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы коммуналлық хызмет көрсетиўши кәрханалар ҳәм теплица хожалықлары басшылары менен ушырасты

27.07.2023 12:11:18 173 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев орынларға бириктирилген коммуналлық хызмет көрсетиўши кәрханалар ҳәм теплица хожалықлары басшылары менен ушырасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Өткерилген ушырасыўда дәслеп бүгинги күнде республикамыз аймағында коммуналлық хызмет көрсетиў, орынлардың тазалығын сақлаў, пуқараларға турмыслық шығындылар менен байланыслы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында атап өтилди.

Сондай-ақ, бүгинги күнде хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен пуқаралардың қарыздарлықларын өндириў бойынша жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде алып барылмай атырғанлығы ҳәм басқа да усы сыяқлы бир қатар мәселелер сөз етилди.

Соның менен бирге, халқымызға коммуналлық хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бағдарында және қандай илажлар көрилиўи кереклиги бойынша кәрхана басшыларының пикир-усыныслары тыңланды. Өз нәўбетинде, хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди.

Өткерилген мәжилис даўамында теплица хожалықларын көмир жанылғысына өткериў мәселелери талқыланды. Онда қыстың қыраўлы күнлеринде теплица хожалықларынан күтилгениндей өним алыў, буның ушын турақлы түрде ыссылық пенен тәмийинлениўин нәтийжели жолға қойыў, ҳәр қандай ҳаўа-райы ынжықлықларына таяр турыў, бүгинги күн талабы болған көмир жанылғысына хожалықларды өткериў бойынша пикирлесилди.

Ушырасыў жуўмағында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content