Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги қасындағы Мектепке шекемги билимлендириў агентлиги менен биргеликте “Mercy Corps” тәрепинен 2023-жылдың 12- ҳәм 21-июль күнлери Сурхандәрья ўәлаяты Термиз қаласы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында “Мектепке шекемги билимлендириў сапасын асырыў ҳәм педагоглардың кәсиплик раўажланыўының әҳмийети” атамасындағы әмелий конференция болып өтти.
АҚШ Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен қаржыландырылған Өзбекстандағы “Mercy Corps”тың Өзбекстанда балалардың билим алыўы ҳәм аўқатланыўы ушын “Mak Govern-Doul” халықаралық бағдарламасы – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятындағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириў сапасын жақсылаўға қаратылған. Бул бағдарлама шеңберинде, Термиз ҳәм Нөкис қалаларында шөлкемлестирилген конференцияда 171 педагог ҳәм методистлер, 22 ментор (тәрбияшы), соның менен бирге, 60 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорлары ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ўәкиллери қатнасты. Баянатшылар арасында American Councils шөлкеминен English Speaking Nation (ESN) тренерлери Венди Коулсон ҳәм Юта Отаке, балаларда ерте саўатлылықты раўажландырыў бойынша өзиниң халықаралық тәжирийбелери менен бөлисти.
Конференцияда педагоглар ҳәм оларды қоллап-қуўатлайтуғын менторлар (тәрбияшылар) ҳәм “MercyCorps” тәрепинен Өзбекстандағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагогларының потенциалын асырыў бағдарламасы шеңберинде балаларда дәслепки жасынан саўатлылығын раўажландырыў шеңберинде өткерилип атырған әмелий ислердиң жетискенликлери ҳаққында мағлыўмат берип өтилди. Соның менен бирге, менторлық (тәрбияшылық) бағдарламасы арқалы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагогларын потенциалын асырыў ҳәм балалардың дәслепки жасынан саўатлылығын раўажландырыў ушын жәмийет ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, мектепке шекемги жастағы балалар саламатлығы ҳәм гигиенасын дурыс жолға қойыў бойынша пикир алмасылды. Иләж жуўмағында, конференция қатнасыўшыларына сертификатлар тапсырылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының Өзбекстандағы “MercyCorps” бағдарламасына киритилген барлық мәмлекетлик мектеке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын плакатлар, оқыў карталары топламлары ҳәм балаларда ерте саўатлылықты раўажландырыў бойынша әмелий идеяларға ийе педагоглар ушын конференция қолланбасынан ибарат сыйлықлар топламы тапсырылды.