Жол мәселеси үйренилип шығылды

Жол мәселеси үйренилип шығылды

09.11.2020 17:31:57 296 Баспаға шығарыў

збекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы тǝрепинен социаллық тармақларда келип түскен мүрǝжатты Шымбай районы Жол хожалығы кесип алып ислеў, оңлаў ҳǝм пайдаланыў кǝрханасы хызметкерлери менен тийисли тǝртипте үйренип шығылды.
Мүрәжатта көрсетилген 4-R-175 жолы республикалық әҳмийеттеги “Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдәрья” автомобиль жолы болып, бул жол Шымбай районы Жол хожалығы кесип алып ислеў, оңлаў ҳǝм пайдаланыў кǝрханасы есабына киретуғынлығы анықланды.
Мүрәжатты орнына барып үйренгенимизде бул жолдың 73-74 км аралығында 490 м², 74-75 км аралығында 560 м², 75-76 км аралығында 1050 м², жәми 73-76 км аралығындағы 2100 м² асфальт жолдың тозыўы жеткенлиги анықланды.
Бул анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде район ҳǝкимлиги ҳǝмде тийисли қǝнийгелер менен келисилген ҳалда 4-R-175 автомобиль жолының 73-76 км аралығындағы жǝми 2100 метр узынлықтағы оңланыўы тийис болған автомобиль жолын 2020-жылдың IV-шерек жуўмағына шекем күнделикли оңлаў жумыслары есабынан сапластырылыўына келисилип алынды ҳǝм мүрǝжатда көрсетилген мǝселе Халық қабыллаўханасы тǝрепинен қадағалаўға алынды.Мүрǝжатта көрсетилген мǝселе бойынша жыл жуўмағы менен қосымша мағлыўмат берилетуғынлығын мǝлим етемиз.

Пайдалы ресурслар
Skip to content