Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.
Айтып өтиў керек, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болып, усы тийкарда жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жақыннан сәўбетте исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын атап өтти.
Ушырасыўда орынларда инвестициялық жойбарларды иске түсириў бағдарында жумыслардың нәтийжели жолға қойылмай атырғанлығы сынға алынды, сондай-ақ, белгиленген кредит қаржыларын ажыратыў бағдарындағы жумысларды атқарыўда немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы ушын тийисли банк басшылары менен барлық қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслықлары қатаң ескертилди.
«Биз халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, олар ушын жоқары дәрамат дерегин жаратыў ҳәм жумыс орынларының санын көбейтиў бойынша көлемли жумысларды әмелге асырыўымыз керек. Бул жумысларды әмелге асырыўда әлбетте исбилерменлерге сүйенемиз. Кейинги ушырасыўда усы машқалалар сапластырылмайтуғын болса ҳәр бир жуўапкер шахсқа нызам шеңберинде шара көриледи»-деди Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев
Ушырасыў соңында сырт ел базарларын үйрениў, логистика орайларын шөлкемлестириў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирилди.