Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Қурбанов Шымбай районындағы мийнет дем алысындағы нураныйлардың ҳалынан хабар алып, оларды медициналық тексериӯден өткерди.
Сондай-ақ, ол жасы үлкен апалар менен мазмунлы сәӯбетлести. Азғана итибардан кеӯиллери толып-тасқан нураныйлар өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.