Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-апрель “Жаслар сиясаты тараўында жумыслар нәтийжелилигин асырыў ҳәм де олар менен ислесиў системасын еледе жетилистириў ис-илажлары” бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ӯазыйпалардың орынланыӯын тәмийинлеӯ мақсетинде райондағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде район аймағындағы сектор баслықлары, мәкеме ҳәм кәрхана баслықлары ҳәм де мәҳәлле белсендилери қатнасыӯында ушырасыӯ өткерилди.
Ушырасыўда берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар, жол қойылған қәте кемшиликлер додаланды. Аталыққа бириктирилген мәкеме ҳәм шөлкем баслықларына алдағы ўақытлары ислениўи тийис тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ илаж соңында жаслар менен ислесиӯде нәтийжели хызмет етип атырған жаслар жетекшилери ҳәм мәкеме -кәрхана баслықлары район ҳәкимлигиниң «Ҳүрмет жарлық» лары менен сыйлықланды.