Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районының көше бийлери менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районының көше бийлери менен ушырасты

04.07.2023 09:38:44 143 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алған еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы үшинши мәрте көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўын Мойнақ районынан баслады.

Атап өтиў керек, ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыў, елимизде жаратылып атырған имканиятлар ҳәм кешиктирип болмайтуғын мәселелер бойынша және бир мәрте жақыннан пикирлесип алыўдан ибарат.

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен халықтың жыллар даўамында жыйналып қалған тәшўишлериниң шешимин табыўда барлық буўындағы басшылар төменге түсип, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» деген принцип тийкарында әмелий жумыслар алып барылып атыр.

Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар сондай-ақ, республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында көтерилген бир қатар әҳмийетли басламалар ҳаққында атап өтти.

Өз нәўбетинде, көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери бүгинги күнде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларынан халқымыз миннетдар екенлигин, алдыңғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң басым көпшилиги арнаўлы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында өз шешимин таўып атырғанлығын айрықша тилге алды.

Соның менен бирге, ушырасыўда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта әлбетте, шешим табылыўы тәмийинленетуғынлығын билдирди.

Ушырасыўда ашық-айдын пикирлесилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content