Туўған жер ушын баласаң…

Туўған жер ушын баласаң…

03.07.2023 11:00:48 188 Баспаға шығарыў

Белгили илимпаз Ш.Ўəлиханов «Қарақалпақлар – саҳраның бүлбүллери» деп тəрийп бергениндей, саз бенен қосыққа, көркем-өнер менен дөретиўшиликке жаны қумарлық халқымыздыӊ əзелий қанына сиӊген пазыйлети болып табылады. Буны бүгин той-мерекелерде əпиўайы ғана аўыл адамларыныӊ жанлы ҳаўазда жаӊғыртып, атқарған қосықлары жыйылған жəмəəтти таӊ қалдырып, ериксиз «ҳə саў бол бала, нағыз хош ҳаўаз екен» дегенлериниң талай гүўасы болғанбыз. Мине усындай талантылар ели болған Шымбайда «жүзден жүйрик, мыӊнан тулпар шықты» дегендей мыӊлаған хош ҳаўазлар арасынан жарып шыққан талант ийеси, қарақалпақ көркем-өнериниӊ хош ҳаўаз бүлбүли, Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық артисти, Түркменистанға хызмет көрсеткен артист, «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси Мырзагүл Сапаеваныӊ 60 жыллық юбилей кешеси кеӊ түрде белгиленди.
Юбилей кешесин район ҳəкими Айбек Тажетдинов кирис сөз бенен ашып, мəмлекетимизде көркем-өнер тараўын раўажландырыўға, жасларды музыка ҳəм мəдениятқа қызығыўшылық руўхында тəрбиялаўға айрықша дыққат қаратылғанлығын, мине усы бағдарда районымызда да бир қатар жумыслар əмелге асырылып атырғанлығын, сөзимиздиӊ дəлийли ретинде усы жылы районымызда Ашық театр имаратыныӊ бой тиклеп, пайдаланыўға тапсырылыўы, районлық Мǝденият сарайы имаратының реконструкциядан шығарылыў алдында турғанлығын айта келип, қарақалпақ кɵркем-ɵнери менен театрыныӊ байтереклери болған, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери Юлдаш Мамутов пенен Гүлхан Шеразиеваларды жетистирген Шымбай елинен шыққан талант ийеси, районымыз бенен республикамыз мақтанышы, Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық артисти, Түркменистанға хызмет көрсеткен артист Мырзагүл Сапаеваныӊ 60 жыллық юбилейи менен қутлықлап, оның дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.
Буннан соң сүйикли актрисамыз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан Сапарова сөзге шығып, «Шымбай ели десе қулағымыз ербең етип, қандай жақсы өзгерислер бар екен деп қулақ түремиз, бул ел талантларға бай ел, мине усындай тәкирарланбас талант ийеси, шымбайдың қызы, усы елдиң ийбели келини Мырзагүл Сапаеваның юбилей кешесиниң өзи туўылып өскен елде белгиленип атырғанлығы қуўанышлы жағдай екенлигин, бул әлбетте, район басшыларының мәдениятқа, көркем-өнерге болған дыққат-итибарының көриниси екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, Р.Сапарова өз сөзинде Мырзагүл Сапаеваға жаратқан тәрепинен айрықша талант инам етилип, оның ишки дүньясы да өзиндей гөззал екенлигин, марҳум өмирлик жолдасы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, талантлы актёр, режиссёр Сәрсенбай Узақбаев пенен биргеликте театр сахнасында да, турмыста да көпшилик ҳәўес еткендей жуплық болғанлығын, 1991-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик театрының Алма-ата қаласында болып өткен мәденият күнлеринде «Әжинияз» операсындағы Айбөректи, «Ғәрип-Ашық» музыкалы драмасында Шахсәнемди, «Сүймегенге сүйкенбе»де Айсәнемди кәмине жеткерип атқарып, үш күнде 62 арияны жанлы ҳаўазда бир ийиннен атқарып шығып, пүткил Қазақстан елин таң қалдырғанлығын айрықша атап өтти.
Юбилей кешесиниң саз-сәўбетли бөлими бир ўақытлары М.Сапаева марҳум өмирлик жолдасы С.Узақбаев пенен биргеликте атқарған «Ақ пахта» дуэтиниң шәкиртлери тәрепинен атқарылыўы менен басланды. Көпшилигимизге дерлик яд болып кеткен, эстрадамыздың классик дөретпелерине айланып үлгерген «Сағынаман», «Сезбедиңбе сен» қосықлары менен «Ғәрип-Ашық» музыкалы драмасындағы Шахсәнемниң ариясы районлық Мәденият бөлиминиң талантлы қосықшылары тәрепинен атқарылғанда жүрек төринен орын алған қосық қатарларын тамашагөйлерде қосыла айтты.
Марҳум өмирлик жолдасы Сәрсенбай Узақбаев тилинен «Театр тәрепке қойғанда қәдем, Мен-Ғәрибиң болдым, ал сен-Сәнем» деп басланған монолог жаңлағанда сахнада саўлат төгип отырған актриса ериксиз көз жасларын жасыра алмады.
Атам – күйеў болған жер,
Анам–келин болған жер,
Киндик қаным тамған жер,

Ақ сүтиңди берген жерим-Шымбайым деп тәзим етип, бул кийели топырақтың өзи ушын қаншелли дәрежеде қәдирли екенлигин, «Кеңес»тиң «Қой салма» бойындағы аўылда өткен балалық жылларын, бул елде жасаўшы ақ көкирек, сада бирақ жан дүньясы оғада бай инсанларға болған ҳүрметиниң шексиз екенлигин, өзиниң қандай уллы атақ ҳәм мәртебелерге ериссе де туўған жери ушын әпиўайы бир қызы болып қалатуғынлығын айтып, өз миннетдаршылығын билдирди. Соңынан өз репертуарындағы ең жаңа қосықларын ықласбентлери нәзерине усынды.
Бойында иләҳият тәрепинен инам етилген туўма талант жәмленген, актрисалық шеберлик пенен хош ҳаўазы үйлесимли, жан дүньясы да, өзи де гөззал инсан – Мырзагүл Сапаева менен пүткил шымбайлылар мақтаныш етеди, театр ҳәм кинода жаратқан ҳәр бир образы менен атқарған қосықларын сыншыл нәзерлери менен гүзетип, «әне бизиң Кеңестиң қызы, өзимиздиң Мырзагүлимиз десе, Тағжаплылар бизиң аўылдың келини» десип таңлайларын қағысады.
Усы орында поэзиямыз классиги И.Юсупов қәлемине тийисли мына қатарларды бәнт басар ретинде келтирмекшимен.
Несийбең мың жортсадағы,
Көп жерге дуз тартсадағы,
Даңқ-мәртебең артсадағы,
Туўған жер ушын баласаң,
Оған бас ийип барасаң.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content