Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи

Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи

03.07.2023 09:31:43 213 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Айтып өтиў орынлы, хаял-қызлардың жәмийет турмысында әҳмийетли өзгерислер ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларда үлеси салмақлы болмақта.

Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарында ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылды ҳәмде ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендилери өз жумысларын баслады. Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары тийкарында бүгинги күнде 41 түрдеги жәрдемлер көрсетилиў әмелиятқа енгизилген.

Тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, соның менен бирге ҳаял-қызларға быйылғы жылы 10,3 млрд сумлық социаллық жәрдемлер көрсетилди.

Булардың барлығы шаңарағымыздың уйытқысы, үйимиздиң пайызы, жәмийетимиздиң гүлтажы есапланған ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жолында әмелге асырылмақта.

Өткерилген ушырасыўда усы бағдардағы әмелий жумыслар кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге жәмийетимиздеги турақлылықты тәмийинлеў бойынша халқымызға тән кеңпейиллилик пенен миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм татыўлықты еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Өз орнында район белсенди ҳаяллары елимиздеги әдил сиясаттан миннетдар екенликлерин билдирди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content