Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Мойнақ районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Ушырасыўда бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында халқымыз, соның ишинде ҳаял-қызларға жаратылған көплеген имканиятлар, олдардың жәмийиетимиздеги ролин арттырыў бойынша жумыслар ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди.
Сондай-ақ, шаңарақлардағы аўызбиршиликти сақлаў, мәҳәллелерде татыўлықты тәмийинлеў, жәмийиетимизде инсанийлық, меҳир-мүриўбет, бир-бирине ғамхорлық көрсетиў, миллетлер аралық дослықты сақлаўда ҳаял-қызлардың тутқан орнының айрықша екенлиги атап өтилди.
Айтып өтиў керек, сонғы жыллары ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийиетимизде белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар әмелге асырылмақта. “Ҳаяллар дәптери”, “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” тийкарында оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлер көрсетилип атыр. Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын шараят жаратыў, социаллық жағдайын жақсылаў, кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар даўам еттирилмекте.
Соның менен бирге районда алып барылып атырған көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары жөнинде сөз етилди.