Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-июнь күнги «Ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарары менен барлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жәмийетшилик пенен өз-ара бирге ислесиў механизмин жолға қойыў мақсетинде баспа сөз хызметлерин шөлкемлестириў белгилеп берилген еди.
Қарардың қабыл етилиўи баспа сөз хызметлериниң жумысын жетилистириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын қолайлы шәраятлар жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында ашық пикирлесиўди жолға қойыў, елимизде жүргизилип атырған реформалардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм нәтийжелери ҳаққында оператив, қалыс ҳәм толық мәлимлеме жеткериў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары жумысының жәриялылығын тәмийинлеў, олардың жәмийетшилик пенен бирге ислесиў механизмин жақсылаўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли есапланады. Соның менен бирге, қарарда мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәрханалардың мәлимлеме хызметлериниң басшылары бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем басшысының “баспа сөз хаткери” болып есапланатуғыны, мәлимлеме сиясаты мәселелери бойынша басшының мәсләҳәтшиси статусына ийе екенлиги де белгилеп берилген еди.
Сондай-ақ, қарарда баспа сөз хызмети басшыларына бир қатар ўазыйпалар да жүкленген болып, атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы ҳаққында ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар, шөлкемлердиң рәсмий веб-сайтлары арқалы халыққа турақлы ҳәм оператив түрде, мәлимлеме усынып барыў, ғалаба қурал ўәкиллери ҳәм блогерлер менен нәтийжели бирге ислесиў, оператив мағлыўматларды тарқатыў, сондай-ақ, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаўда халықтың кең қатламларының қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде экспертлер топарын қәлиплестириў, ғалаба хабар қуралларында шөлкем басшыларының шығыўларын шөлкемлестириў, “мәлимлеме мәканы” мониторингин алып барыў ҳәм таллаў, сын көз-қарастан билдирилген пикирлерге оператив түрде мүнәсибет билдириў, олар ҳаққында мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң басшыларына мәлимлеме берип барыў, шөлкем ўәкиллигине киретуғын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары, олардың тастыйықланған нусқаларын белгиленген тәртипте өзиниң рәсмий веб-сайтларында жайластырыў, өткерилген илажларға байланыслы информациялық мазмундағы материаллар, фото, аудио ҳәм видеоматериаллардан ибарат мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Мине усы белгилеп берилген мақсет ҳәм ўазыйпалардан келип шығып, район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети басшысы сыпатында районымыз турмысындағы соңғы жаңалықларды оператив, қалыс ҳәм саплы түрде жеткерип бериў жолында тынбай излениўдемиз.
Сѳзимниң жуўмағында, бәрше кәсиплеслеримди 27-июнь «Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман!
Наргиза Толыбаева
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы