Қарақалпақстанда мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестириледи

Қарақалпақстанда мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестириледи

26.06.2023 10:18:56 180 Баспаға шығарыў

Президенттиң 2023-жыл 30-март күни Қарақалпақстан Республикасына болған сапары жуўмақлары бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстанда мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында тийисли қарар жойбары ислеп шығылды.

Оған бола, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 млн сумнан ажыратылады.

Бунда Қарақалпақстан Республикасындағы мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарындағы жойбарлардың орынланыўы ҳәм бар болған машқалалардың өз ўақтында ҳәм тезлик пенен сапластырылыўын тәмийинлеў мақсет етилген.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content