Радио жаңалықлардың өзгешелиги

Радио жаңалықлардың өзгешелиги

26.06.2023 09:05:51 145 Баспаға шығарыў

Бүгин ғалаба хабар қураллары хызметкерлери елимизде болып атырған жаңаланыўлар менен өзгерислерди, сиясий жаңалықларды жеткерип бериўде пидайылық пенен мийнет етип келмекте. Сол қатары, радио журналистика да баспа сѳз ҳәм телевидениеге қарағанда бир қанша өзгешеликке ийе.

Солардың ең тийкарғысы, радио ушын материалларды таярлаўда тек ғана ҳаўаз жәрдеминде ўақыяны толық, анық ҳәм сапалы етип тыңлаўшыға жеткерип бериў талабы қойылғаны болып есапланады. Радиоға материалларды таярлаўдың өзине тән қыйыншылығы бар. Деген менен, радио – ғалаба хабар қуралларының ишиндеги, ең оперативи болып, жаңалықларды халқымызға тез ҳәм сапалы тарқатып бериўде әҳмийетли орынды ийелейди.

Бүгинги күнде радио толқыны районымыз аймағына талап дәрежесинде жетип келмейди. Алдынлары радио толқын сымлар арқалы ҳәр бир шаңараққа жетип барған болса, ҳәзирги ўақытта санлы жеткерип бериўши (цифровой передатчик) қурылмасы арқалы радио толқын жеткерип бериледи. Бул қурылма районымыз аймағына қурылмаған. Сонлықтан да, тийисли тараў қәнигелери бул машқаланы есапқа алып, районымызға радио толқынды жеткерип бериўши санлы қурылма орнатса, радио толқын және де жақсыланып, көп санлы радио тыңлаўшылардың алғысларына сазаўар болар еди деген үмиттемиз.

Бәрше кәсиплеслеримди 27-июнь- «Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери»ниң кәсиплик байрамы менен  қутлықлайман. Олардың шаңарақларына аманлық, өзлерине беккем ден саўлық, халық ийгилиги жолында алып барып атырған жумысларында тасқын табыслар, дөретиўшилик илҳам-йош тилеймен.

Азат Төремуратов

Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы хабаршысы.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content