Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районы жаслары менен жақыннан пикирлесилди

Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районы жаслары менен жақыннан пикирлесилди

23.06.2023 17:55:16 153 Баспаға шығарыў

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Ушырасыўда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий жумыслар, “Жаслар дәптери” шеңбериндеги жаратылып берилген имканиятлар, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги алып барылып атырған әдил сиясат тийкарында Өзбекстан шын мәнисинде имканиятлар мәмлекетине айланған. Себеби, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир жастың уқыплылығын жүзеге шығарыўға, жәрдемге мүтәж жасларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге үлкен итибар қаратылмақта.

Өткерилген ушырасыўда соңғы жыллары жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар, студент-жаслардың төлемли-контракт пулларын, жигитлердиң мобилизациялық шақырыў қәрежетлерин төлеп бериў, жәрдемге мүтәж жасларға материаллық жәрдем бериў, үй-жай сатып алыўы ушын субсидия ажыратыў, исбилерменлигин жолға қойыўы ушын жеңиллетилген кредит пенен тәмийинлениўи сыяқлы және бир қатар мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Ушырасыў жуўмағында бир қатар белсенди жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content