Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыў өткерилди

22.06.2023 09:46:00 154 Баспаға шығарыў

Шымбай районы ески қалалардың бири болып, әзелден мәденият, әдебияттың, аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликтиң раўажланған орны болып келген.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин Шымбай районындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда бүгинги күнде елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар, оларды қоллап-қуўатлаў, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, ҳәр бир жастың машқалаларын шешиў жолында бар имканиятлар жумсалып атырғанлығы атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде «Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети» деген пикирдиң айқын көриниси есапланады. Себеби, өз қабилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим-пән, билимлендириў, кәсип үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған.

Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, Бес қаланың бири Шымбайлы жаслар арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта.

Өткерилген ушырсыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслар менен ашық пикирлести.

Соның менен бирге өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content