Жоқарғы Кеңес Баслығы «Жаслар айлығы» шеңберинде Нөкис қаласындағы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Жаслар айлығы» шеңберинде Нөкис қаласындағы көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасты

20.06.2023 17:37:13 180 Баспаға шығарыў

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев бүгинги күнде елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар, оларды қоллап-қуўатлаў, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, ҳәр бир жастың машқалаларын шешиў жолында бар мүмкиншиликлер иске салынып атырғанын атап өтти.

Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде «Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети» деген пикирдиң айқын мысалы есапланады. Себеби, өз қабилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим-пән, билимлендириў, кәсип үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған.

Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз жаслары арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, усындай жаслар елимиздиң байрағын дүньяға танытып атыр.

Соның менен бирге, көп миллетли Ўатанымыздың зәбердес жаслары татыўлықта, аўызбиршиликли түрде мәмлекетимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлесин қосып келмекте.

Ушырасыў соңында өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Жоқарғы Кеңес Баслығының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыўлары републикамыз бойлап даўам етеди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content