Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў ҳәм бар болған энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў ҳәм бар болған энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды

17.06.2023 09:41:54 152 Баспаға шығарыў

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы 57-санлы қарары тийкарында социаллық ҳәм үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўында ҳәмде экономикалық тармақларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы энергия жетиспеўшилигин қаплаў мақсетинде социаллық объектлер, исбилерменлик субъектлердиң имаратлары ҳәм пуқаралардың турақ-жайларында қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытқышларын орнатыўды ен жайдырыў белгиленген. Усы тийкарда бүгинги күнде республикамыздағы бир қатар объектлерде қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў жумыслары басланған еди.

Өткерилген мәжилисте энергия үнемлеўши технологияларды кеңнен ен жайдырыў бағдарында айырым орынларда қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытқышларын орнатыў жумыслары талап дәрежесинде емес екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс шөлкемлестириў бойынша да бир қатар әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар сөз етилди.

Соның менен бирге, қала ҳәм районлардағы 17 көп қабатлы турақ-жайлардың төбесин ҳәм имараттың кириў жолларын оңлаў ушын 9 қурылыс кәрханаларына қаржылар ажыратылған болып, бирақ, бул кәрханаларда исленген жумыслары үйренилгенинде 7 қурылыс кәрханасы тәрепинен орынланбаған жумыс көлемлери есабатларға қосып жазылғанлығы анықланған.

Болып өткен мәжилисте қурылыс жумысларында бундай қәте-кемшиликлерге жол қоймаў ҳәм анықланған жағдайлар бойынша тийисли шараларды көриў мәселеси атап өтилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content