Тәлим кредити кимлерге бериледи

Тәлим кредити кимлерге бериледи

14.06.2023 19:19:41 160 Баспаға шығарыў

Министрлер Кабинетиниң 18.08.2021-жылдағы 527-санлы қарары  менен тастыйықланған режеге муўапық, тәлим кредитлери билимлендириў мекемелериниң бакалавр ҳәм магистратураның күндизги, сыртқы ҳәм кешки тәлим формасында төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген, соның менен бирге оқыўын көширген Өзбекстан пуқарасы болған студентлерге бериледи.

Бунда, кредит алыўшының турақлы дәрамат дерегине ийе болған шаңарақ ағзалары (ата-анасы, аға-иниси, ажапасы ямаса қарындасы, өмирлик жолдасы) ямаса қәўендерлери биргеликте кредит алыўшы спатында қатнасыўы мүмкин.

Тәлим кредитиниң тийкарғы қарзы студенттиң оқыў мүддети рәсмий жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content