Мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлериниң жумыслары сын көз қараста талқыланды

Мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлериниң жумыслары сын көз қараста талқыланды

14.06.2023 18:48:15 157 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети жумысларына арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Күн тәртибинде дәслеп мүрәжатлар менен ислесиў бағдарында жол қойылған бир қатар қәте-кемшиликлер талқыланды.

Орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы анализ етилгенде, қанаатландырыў дәрежеси көпшилик мәкемелер ҳәм районларда талапқа жуўап бермей атырғанлығы анықланған.

Беруний, Кегейли, Елликқала, Қараөзек районлары ҳәкимликлеринде, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры, “Халық банк”, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖде мүрәжатлардың унамлы шешилиўи төмен дәрежеде.

Сектор басшылары тәрепинен өткерилип киятырған қабыллаўлар, мүрәжатлардың унамлы шешилиўи бойынша жумыслар да талап дәрежесинде емес.

Мәжилис күн тәртибинде кейинги мәселе жергилигикли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети жумысларының нәтийжелилигине арналды. Онда тараўдағы бир қатар қәте-кемшиликлер сынға алынды.

Атап айтқанда, медиа-режеде белгиленген бәнтлер өз ўақтында орынланбаған.

Бүгинги күнде жаслар арасында ең көп пайдаланылатуғын социаллық тармақларда көпшилик рәсмий каналларды жүргизиў сапасы жүдә төмен дәрежеде болмақта.

Соның менен бирге, бугинги күнде Өзбекстан көлеминдеги телеканалларда ҳәм жергиликли телеканаллар арқалы орынларда әмелге асырылып атырған илажларды сәўлелендирип барыў жумыслары да айырым орынларда төмен дәрежеде шөлкемлестирилмекте.

Мәжилисте өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы, жол қойған қәте-кемшиликлери ушын бир қатар жуўапкерлерди интизамый жазаға тартыў, айырымларын ийелеп турған лаўазымынан босатыў бойынша тапсырма берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content