Усы жылдың 7-июнинен 7-июлине шекем жәрияланған «Диспансерлик қадағалаўда турған ҳәм майыплығы болған балалардың саламатлығы айлығы» акциясы шеңберинде республикамыздағы созылмалы ҳәм аўыр кеселликлер себепли медициналық жәрдемге мүтәж наўқас ул-қызлар тереңлестирилген медициналық тексериўлерден өткерилип, зәрүр болған жағдайларда жоқары технологиялы операциялар әмелге асырылмақта.
Акция даўамында медициналық жәрдемге мүтәжлигине қарай наўқаслар классификацияланып, көрсетилетуғын медициналық хызметтиң көлеми район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде белгиленип алынбақта. Қурамалы операциялар талап етилетуғын наўқас балалар ажыратылып, Қарақалпақстан Республикасы балалар көп тармақлы медицина орайы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының аймақтағы филиалында ташкентли шыпакерлердиң басшылығында жоқары технологиялы операциялар өткерилмекте.
Сондай-ақ, 20 дан аслам ЛОР, 10 ға шамалас кардиологиялық ҳәм нейрохирургиялық, жәми 100 ден аслам қурамалы операцияларды әмелге асырыў режелестирилген. Әҳмийетлиси, бул операциялар мәмлекет тәрепинен бийпул өткериледи.
Усы жылдың 9-июнь күни Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий педиатрия медицина орайы ҳәм республикалық балалар медицина орайының тәжирийбели шыпакерлери Шымбай районында болып, 700 ден аслам балалардың денсаўлығын тексериўден өткерди. Олардың арасынан 17 жас өспиримге республикалық емлеўханаларға операция ислеў ушын жоллама берилип, емлеўханаға жатып емлениўге мүтәж наўқас балаларға имканиятлар жаратылды.
Медициналық тексериўлерде кардиохирург, ревмакордиолог, гастроэнтеролог, гепатолог, невропатолог, хирург, нейрохирург, отоларинголог, жүрек УЗИ қәнигеси ҳәм басқа да шыпакерлер қатнасты.